Өзбекстан қуўнақлар ҳәм зийреклер ассоциациясының 2022-жыл 14-февралдағы №10-санлы хатына тийкар усы жылдың 15-18-март күнлери «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўының ярым финал беллесиўлери өткериледи.
Жоқары оқыў оырнлары студент-жаслары арасында өткерилетуғын «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўының ярым финал беллесиўинде қатнасыў ушын Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы қәбилетли жасларынан дүзилген «Пегас шоу» командасы Ташкент қаласына жол алды.

Бүгин Нөкис темир жол вокзалында Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-агартыўшылық ислери бойынша директор орынбасары А.Өтепбергенов команда ағзаларына әўмет тилеп, жоқары табысларды қолға киргизип қайтыўяларына тилеклеслик билдирди.

Филиал баспасөз хызмети.
![]()