Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында быйылғы питкериўши курс студент-жаслары менен ушырасыў шөлкемлестирилди.
Ушырасыўда филиал директоры А.Аяпов жоқары билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған реформалар, 2022-2023-оқыў жылынан баслап магистратура қәнигеликлерине қабыллаўда арнаўлы сертификаттың енгизилгени, сондай-ақ, магистратура басқышына тапсырмақшы болған жасларға тил үйрениў орайларына қатнап сертификатқа ийе болыў кереклигин атап өтти.

2022-2023-оқыў жылы ушын магистратура қәнигеликлерине қабыллаў жазғы ҳәм қысқы қабыллаў болып өткерилди. 2022-2023-оқыў жылы қысқы қабыллаў нәтийжелери бойынша филиалға алты магистрант қабыл етилди.
Питкериўшилерге усындай имканиятлардан пайдаланған ҳалда, арнаўлы сертификатқа ийе болып магистрант болыўларына тилейлеслик билдирди.

Ушырасыўда әдеп-икрамлылық мәселелерине де тоқтап өтилип, студентлерге өз ўақтында сабақларға қатнасыў, артықша саат қалдырмаў, кийиниў мәденияты бойынша түсиник берип өтилди.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()