ЖӘМИЙЕТ РАЎАЖЛАНЫЎЫНДА ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАРДЫҢ ОРНЫ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 11.02.2023

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында «Илимпаз ҳаяллар-жәмийет айнасы», «Бир қыз баланы оқытсаңыз-пүткил шаңарақты оқытқан боласыз» атамасында ҳаял профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслардың қатнасыўында сәўетлесиў болып өтти.

Илажда атап өтилгениндей, ҳаял – миллет келешеги, өмир даўамшылары есапланады. Жер жүзиндеги ҳәр қандай жәмийеттиң мәдений дәрежеси оның ҳаял-қызлар­ға болған мүнәсибети менен белгиленеди.

Соңғы жыллары елимизде ҳаял-қызларымыздың нызамлы мәплерин тәмийинлеў, олардың аўырын жеңил етиў, оларды кәсипке бағдарлаў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Бүгин күнде ҳаял-қызларымыз халық хожалығының барлық тараўларында пидәйы мийнет етип, мәмлекетимиз раўажланыўы жолында мүнәсип үлес қосып келмекте.

Сондай-ақ, илажда жасларымыздың келешекке нық қәдем таслап, жәмийетте, турмыста өз орнына ийе болыўында аналарымыздың, оқытыўшы ҳаял-қызларымыздың орны айрықша екенлиги түсиндирилди.

Өз ара пикирлесиў тәризинде өткен ушырасыўда қатнасыўшылар өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...