ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ КОНСТИТУЦИЯСЫНЫҢ 29 ЖЫЛЛЫҒЫНА БАҒЫШЛАНДЫ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 04.04.2022

9-апрель ­ Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы күни

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы 1993-жыл он екинши шақырық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Советиниң он екинши сессиясында қабыл етилген. Быйыл Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенине 29 жыл толды.

Конституция ҳəр бир мəмлекеттиң келбети ҳəм келешегин белгилеўши ең жоқары юридикалық күшке ийе бол­ған Тийкарғы нызам есапланады. Өзбекистан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенине 29 жыл толыўы мүнәсибети менен илаж болып өтти.

 Оған жәмийетлик шөлкем ўәкиллери, суд ҳәм ҳуқық қорғаў уйымы хызметкерлери, тьютор қәнигелери менен студент-жаслар қатнасты. Илажды Илимий ислери ҳәм инновация бойынша директор орынбасары Н.Хамидов басқарып барды.

Дәслеп, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Буннан соң, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ депутаты Г.Айымбетова,  Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судыныӊ судьясы П.Дошмуратов ҳәмҚарақалпақстан Республикасы Ишки ислер уйымы хызметкери Ж.Шылмановлар шығып сөйлеп, Конституция мәмлекетимиздиң тийкарғы нызамы болып, инсан мәплери, оның ҳуқықлары, еркинликлери, ар-намысы ҳәм қәдир қымбатын тәмийинлеўши ең әҳмийетли ҳуқықый ҳүжжет екенлиги ҳаққында мағлыўмат берип өтти.

Илажда атап өтилгениндей, Конституция елимиз пуқараларының ерк-ықрарын өзинде сәўлелендириўши, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеўши, мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының хызметин тәртипке салыўшы ҳәм жумыс алып барыў принциплерин белгилеўши ең жоқары юридикалық күшке ийе бол­ған Бас нызам есапланады. Конституцияның айрықша әҳмийетке ийе тәрепи — оның мазмун-мәниси ҳәм ҳуқықый күши толығы менен ҳуқықый мәмлекет ҳәм пуқаралық жәмийетти қурыў­ға ҳәм де булардың барлығының инсан мәплерине хызмет етиўге бағдарлайды. Сондай ақ, Конституциямызда халық ҳәкимияты мәселелери өзиниң оғада жақсы шешимин тапқан болып, оның мәниси соннан ибарат, Қарақалпақстан халқын миллетиниң қандай болыўына қарамастан оның пуқаралары қурайды. Демек, республикамыз аймағында жасаўшы барлық халықлар, миллетлер Конституция алдында тең ҳуқыққа ийе ҳәм ол ҳәммениң мәпин бирдей қорғайды.

Илаж сонында студент-жаслар өзлериниң қызықтырған сораўлары бойынша қәнигелерге мүрәжат етип, тийисли жуўаплар алды.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler