Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 2-февралда қабыл етилген «Мәденият ҳәм көркем өнер тараўын буннан былай да раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының мазмун-әҳмийетин түсиндириўге бағышланған илаж болып өтти.
Илажда Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислер бойынша директор орынбасары А.Өтепбергенов шығып сөйлеп, қарардың мазмун-әҳмийети, сондай-ақ, онда белгиленген ўазыйплар, халықтың әсиресе, жаслардың көркем өнерге болған қызығыўшылығын арттырыў, олардың көркем өнердиң үлгилерин өзлестириўине айрықша итибар қаратылғанлығын атап өтди.


Қарар менен 2022-2023-оқыў жылынан баслап билимлендириў мәкемелеринде оқыўшы ҳәм студентлердиң музыкалық билим ҳәм көнликпелерин арттырыў, талантлы жасларды, қоллап-қуўатлаў, халықтың мәдений дем алыў илажларын шөлкемлестириўде ҳәр бир аймақта «мәденият күнлери» өткерилиўи нәзерде тутылғанлығы атап өтилди.
![]()