ҚАЗАҚСТАНЛЫ ДЕЛЕГАЦИЯЛАР ҚОКАН БАҒЫНДА БОЛДЫ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 07.12.2021

Қазақстанлы делегациялардың мойнақ районына болған сапары даўамында институт тәрепинен шөлкемлестирилген «Қоқан бағы»нда болып, ол жерде өсип турған түрли декоратив ҳәм мийўе нәллерди көзден кешиди.

Буннан соң, райондағы Мәденият орайында болып, ол жердеги жаратылған шараятлар менен танысты.

Усы жерде айтып өтиўимиз тийис, бул жерде республикамыз бойлап өткерилип атырған «Жасыл мәкан» жаслар акциясы шеңберинде абаданластырыў жумыслары алып барылып, ҳәр қыйлы мийўе ҳәм декоратив нәллер отырғызылды.

Мағлыўмат ушын «Қоқан бағы» 2018-жылы Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты, усы институттың Ферғана аймақлық ҳәм Нөкис филиаллары тәрепинен   шөлкемлестирилип, бүгинги күнде түрли мийўе ҳәм декоратив нәллер өспекте.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...