ҚАЗАҚСТАНЛЫ ОҚЫТЫЎШЫ СТУДЕНТЛЕРГЕ ОНЛАЙН САБАҚ ӨТТИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 06.12.2022

Усы 6-декабрь күни М.Әўезов атындағы Қубла-Қазақстан мәмлекетлик университети «Ɵнер» кафедрасы доценти Балжан Тилеўбаева Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы «Режиссура ҳәм актер шеберлиги» кафедрасы студентлерине «Ойын өнери» пәнинен онлайн тәризде сабақ өтти.

Сабақ даўамында Б.Тилеўбаева студентлерге ойын өнериниң сырлары,  ондағы ҳәрекет ҳәм актер шеберлиги, бул тараўға жас кадрларды таярлаўдың өзгешеликлери ҳаққында кең түрде айтып берди. Сабақ интерактив усылды өткерилип, онда студентлер де сабақ тематикасы бойынша өз пикирлерин билдирди ҳәм сораўларына жуўап алды.

2019-жыл 14-майда дүзилген еки тәреплеме шәртнамаға тийкар бул тәжирийбе алмасыў илим-билимлендириў ҳәм көркем өнер тараўын раўажландырыўда жаңа инновациялық технологияларды енгизиў ҳәм өз ара байланысларды беккемлеўге қаратылғанлығы менен әҳмийетли болып табылады.

Буннан басқа да усы университеттиң «Өнер» кафедрасы доцентлери Е.Бимурзаев «Актёрлық шеберлиги» пәнинен, Е.Жолдасбаев «Режиссура» пәнинен  онлайн тәризде сабақ өтпекте.

Филиалбаспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...