Ózbekstan mámleketlik kórkem óner hám mádeniyat instituti — Nókis filialı Ózbekstan mámleketlik kórkem óner hám mádeniyat instituti Nókis filialı uzdsmi-nf.uz

ҚАЗАҚСТАНЛЫ ПРОФЕССОР-ОҚЫТЫЎШЫЛАР МОЙНАҚТА

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Kategoriya: Jańalıqlar
Sáne: 07.12.2021

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалына Қазақстан Республикасының М.Аўезов атындағы Қубла-Қазақстан университетиниң «Өнер» кафедрасы профессор-оқытыўшылары тәжирийбе алмасыўда келгенлиги ҳаққында хабар берген едик.

Еки тәреплеме келисилген меморандумға тийкарланған бул тәжирийбе алмасыў – илим-билимлендириў ҳәм көркем өнер тараўын раўажландырыўда жаңа инновациялық технологияларды енгизиў, еки университет ортасында студентлерди академиялық алмасыӯ бағдарламасын еледе жетилистириў ҳәм  жоқары оқыў орынлары арасындағы байланысларды беккемлеўге қаратылғанлығы менен әҳмийетли болып табылады.

Қазақстанлы делегациялардың филиалға болған сапарының екинши күнинде Мойнақ районында болды.

Мийманлар Арал теңизи тарийхы музейинде болып, ол жерде Арал теңизиниң кешеги ҳәм бүгинги көринислери, балық консерва заводының турмысы, ҳайўанат дүньясы ҳәм басқа да көплеген экспонатлар  менен танысты.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

★ Загрузка...