ҚАЗАҚСТАНЛЫ ПРОФЕССОР-ОҚЫТЫЎШЫ ДРАМАТУРГИЯ ШЕБЕРЛИГИ ПӘНИНЕН ОНЛАЙН ТӘРИЗДЕ САБАҚ ӨТТИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 15.12.2022

Усы 15-декабрь күни М.Әўезов атындағы Қубла-Қазақстан мәмлекетлик университети «Ɵнер» кафедрасы доценти Е.Жолдасбаев Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы «Техноген ҳәм драматургия көркем өнери» кафедрасы студентлерине «Драматургия шеберлиги» пәнинен онлайн тәризде сабақ өтти.

Сабақ даўамында Е.Жолдасбаев студентлерге театр ҳәм кино өнеринде драматургтың тутқан орны, шығарма жазыўдағы шеберлиги, бул тараўға жас кадрларды таярлаўдың өзгешеликлери ҳаққында кең түрде айтып берди. Сабақ интерактив усылды өткерилип, онда студентлер де сабақ тематикасы бойынша өз пикирлерин билдирди ҳәм сораўларына жуўап алды.

2019-жыл 14-майда дүзилген еки тәреплеме шәртнамаға тийкар бул тәжирийбе алмасыў илим-билимлендириў ҳәм көркем өнер тараўын раўажландырыўда жаңа инновациялық технологияларды енгизиў ҳәм өз ара байланысларды беккемлеўге қаратылғанлығы менен әҳмийетли болып табылады.

Филиал баспасөз хызмети

Loading

Paydalı derekler