Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 28-декабрдеги «2021-2023 жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм ислеп шығарыў инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына тийкар Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер хәм мәденият институты Нөкис филиалында 300 орынлы жатақхана имараты жаңадан қурылмақта. Тоғыз қабаттан ибарат болған жатақхананың қурылыс жумыслары «TREST 4» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қолы гүл қурлысшылары тәрепинен қызғын алып барылмақта.
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Қ.Турдиев жаңадан қурылып атырған 300 орынлы жатақхананың қурылыс жумыслары менен танысты.



Филиал баспасөз хызмети
![]()