Бүгин Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты ректоры ў.ў.а. Э.Шерманов билимлендириўдиң сапасын ҳәм илимий искерлик жумысларын жетилистириў, сондай-ақ, гүз-қыс мәўсимине таярлық ҳалаты менен танысыў мәқсетинде Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында болды.

Дәслеп, ректор филиал профессор-окытыўшылары менен ушырасып, филиалда алып барылып атырған жумысларға ҳәм көплеген бағдарларда жақсы нәтийжелерге ерисип атырғанын айрықша атап өтип, билимлендириўдиң сапасын еле де арттырыў ҳәм бул бойынша барлық зәрүр илажларды көриў, илимий искерликти көтериўде илимий дөретиўшилик жумысларды еле де жетилистириў, студентлердиң теориялық билимлерин беккемлеўде жаңа оқыў қолланба ҳәм сабақлықлар жаратыў, жас излениўшилерди қоллап-қуўатлаў, халықралаық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў кереклиги бойынша пикир-усынысларын билдирди.

Буннан соң, студент-жаслар менен ушырасып, елимизде оқыйман, изленемен, өз қәбилетимди жүзеге шығараман деген жаслар ушын барлық имканиятлар жаратылғанын атап өтти. Соңғы жыллары елимизде билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған реформалар, филиалда жаслар ушын жаңа қәнигеликлер ҳәм магистратура қәнигеликлериниң ашылғанын айрықша атап өтип, бул бағдарда студент-жасларды көбирек илимге бағдарлаў, устаз шәкирт бағдарында оқытыўшылар менен биргеликте илимий мақалалар шығарыў, республика ҳәм халықаралық көлемде өткерилетуғын жарысларда қатнасып, өз үстинде көбирик излениўлер алып барыў кереклигин айрықша атап өтти.


Ушырасыў соңында бир қатар профессор-окытыўшыларға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен “Ўатан пидайысы” көкирек белгиси, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў ағласы, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң “Жоқары билимлендириў ағласы” кѳкирек белгилери, Жоқары Аттестация Комиссиясы тәрепинен тастыйықланған профессор ҳәм доцент илимий атаклары тапсырылды.





Илажда Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Б.Темирбаев қатнасты.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()