Бүгин, 25-июнь күни Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты ректоры, профессор Н.Сайфуллаев Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында болды. Дәслеп мийманды филиал директоры А.Аяпов ҳәм жәмәәт ағзалары жоқары дәрежеде күтип алды.


Ректор Н.Сайфуллаев филиалда алып барылып атырған жумысларға ҳәм көплеген бағдарларда жақсы нәтийжелерге ерисип атырғанын айрықша атап өтти.


![]()