Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында руўхый-ағартыўшылық ҳәм студент-жаслар арарсында тәлим-тәрбия жумысларының нәтийжелилигин арттырыў мәселелерине бағышланған илаж болып өтти. Оған филиал администрация хызметкерлери, профессор-оқытыўшылар, декан орынбасарлары қатнасты
Илажда филиал директоры А.Аяпов жаслар арасында тәлим-тәрбия жумысларының нәтийжелилигин арттырыў, оларды илимге, көркем өнерге ҳәм басқа да пайдалы шынығыўларға бағдарлаў, жол-жоба көрсетиў бағдарындағы жумысларымызды еле де жетилистириў кереклигин айрықша атап өтти.

Буннан соң директор мәсләҳәтшиси Қ.Якубов шығып сөйлеп, бүгинги глоабалласыў дәўиринде жаслардың тәлим-тәрбиясынан айрықша итибар қаратыў кереклиги ҳәм мәлимлеме коммуникация технологияларынан нәтийжели пайдаланыўын турақлы үгит-нәсиятлаў, сондай-ақ, ғалабалық мәденияттың түрли тәсирлеринен қорғаў, сөйлеў әдеби, кийиниў мәдениятына итибар қаратыў, оларды көбирек керекли, пайдалы ислерге бағдарлаў бәршемиздиң теңдей ўазыйпамыз екенлигин атап өтти.

Сондай-ақ, мәжилисте Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм комплаенс қадағалаў бөлими қәнигеси А.Жаримбетов шығып сөйлеп, коррупция менен байланыслы болған жынаятларды болдырмаў, жәмийетимизге жат болған унамсыз иллетинен аўлақ болыў, бул иллетке қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыў тек ғана тараў хызметкерлериниң жумысы емес, бәршемиздиң теңдей ўазыйпамыз екенлиги түсиндирилди.


Өз ара пикир алысыў тәризинде болып өткен илажда ислениўи тийис ўазыйпалар белгиленип алынды.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()