Өзбекстан Республикасы Президенти мәсләҳәтшисиниң басшылығында исши топар ағзалары жоқары оқыў орынларының социаллық-руўхый жағдайы, студентлердиң сабаққа қатнасы, олардың пәнлерди өзлестириўи, әмелият сабақлары, студент-жаслардың сабақтан бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў мәселелерин үйрениў бойынша жумыс алып бармақта.
Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында руўхый-ағартыўшылық жумысларын жетилистириў мәселелерине бағышланған илаж болып өтти.
Оған Филиал кеңес ағзалары, директор орынбасарлары, кафедра баслықлары, бөлим баслықлар, тьютор қәнигелери, сондай-ақ, жаслар аўқамы жетекшилери қатнасты.
Илажды филиал директоры А.Аяпов баскарып барды. Онда исши топар ағзасы Юнус Ражабий атындағы Өзбек миллий музыка көркем өнери институты проректоры О.Шамурадов шығып сөйлеп, студент-жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўде түрли дөгереклерге қамтып алыў, сапалы билим бериў, әдеп-икрамлылық қағыйдаларына әмел етиўи, социаллық орталықта өзин тута билиўи бойынша үгит-нәсият жумысларын турақлы алып бараыў кереклигин атап өтти.


Илаж соңында алдағы ўазыйпалар белгиленип алынды.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()