Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамларының ағзасы, тилши-әдебиятшы ҳәм фольклортаныўшы Сейдин Әмирланның туўылғанына 50 жыл толыўы мүнәсибети менен «Руўхыят жаңғырығы»атамасында илимий-әдебий әнжуман болып өтти.
Әнжуманға бир қатар жәмийетлик шөлкем ўәкиллери, жазыўшы, шайырлар, әдебиятшы алымлар, сондай-ақ, филиал профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслар қатнасты.
Илажды Филиал директоры А.Аяпов кирис сөз бенен ашты ҳәм юбиляр ийесин жәмәәт атынан қызғын қутлықлады.


Буннан соң, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы Кеңесбай Каримов, Өзбекстон халық артисти, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, «Меҳнат шуҳрати» ҳәм «Ел-юрт ҳурмати» орденлериниң ийеси «Режиссура ҳәм актёр шеберлиги» кафедрасы профессоры Н.Аңсатбаев, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, шайыр, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери, педагогика илимлериниң докторы, профессор Ө.Әлеўов, Әмиўдәрья» журналының бас редакторы, Қарақалпақстан халық шайыры Х.Дәўлетмуратов ҳәм басқалар шығып сөйлеп,Сейдин Әмирланның фольклортаныў, әдебият ҳәм илим тараўыныдағы хызметлери, сондай-ақ, «Қарақалпақ фольклоры» көптомлығын баспаға таярлаўдағы хызметлерин айрықша атап өтти.






Илажда атап өтилгениндей, С.Әмирланды тилши-әдебиятшы ҳәм фольклортаныўшы алым, көплеген жаслардың устазы сыпатында халқымыз кеңнен таныйды. Оның халқымыздың бийбаҳа байлығы саналған «Қарақалпақ фольклоры» көптомлығын баспаға таярлаўшылардың бири сыпатында усы топламларға кирген жигирмадан аслам жанрға тән үлгилерди жыйнап тапсырыўда мийнетлери оғада айрықша. Соңғы жылларда қарақалпақ халқының балалар фольклорлық поэзиясы бойынша «Айнанайын», «Ҳәйя, ҳәйя – ҳәй қуслар», «Алалай менен Булалай», тарийхый бағдардағы «Уллы көшти басқарған улысбасы», халық емшилери ҳаққындағы «Илаҳый истият ийелери» атамасындағы китаплары баспадан шықты ҳәм бул мийнетлер халқымыз тәрепинен айрықша қызығыўшылық пенен күтип алынды. Сондай-ақ, оның ҳәзирге шекем жети жүзден аслам илимий мийнетлери жарық көрип, олар туўысқан (өзбек, қазақ, түрк, түркмен, әзербайжан, татар, башқурт т.б.) тиллери менен қатар, бирнеше шет тиллеринде (орыс, инглис, немис, венгер, француз, испан) тиллеринде де басып шығарылыўы оғада үлкен мақтаныш есапланады.
Әдебий кеше жасларда айрықша тәсирлер қалдырды. Илаж соңында юбиляр ийесине саўға сәлемлер тапсырылып, филиал профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслар тәрепинен таярланган концерт бағдарламасы менен даўам етти.






Филиал баспасөз хызмети.
Г.Жартыбаева ҳәм С.Шамуратовалардың түсирген сүўретлери.
![]()