САЛАМАТ ОРТАЛЫҚТЫ ТӘМИЙИНЛЕЙМИЗ АТАМАСЫНДА СЕМИНАР-ТРЕНИНГ БОЛЫП ӨТТИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 09.12.2023

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис жанындағы Мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлери ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды жойбары тийкарында «Қарақалпақстан ҳаўазы» газетасы редакциясы тәрепинен жәмийетте ҳәм шанарақта саламат орталықты тәмийинлеўде «Саламат орталықты тәмийинлеймиз» атамасында семинар-тренинг болып өтти.

Семинар-тренингте «Қарақалпақстан ҳаўазы» газетасы редакторы, жойбар баслығы М.Қутлымуратов шығып сөйлеп, жәмийетте ҳәм шанарақта саламат орталықты тәмийинлеўде ғалабалық мәденияттың тәсиринен аўлақ болыўда нелерге итибар береў кереклиги бойынша түсиник берип өтти.  

Илажда атап отилгениндей, бүгниги глобалласыў дәўиринде жаслардың санасын жәмийетимизге жат болған идялар менен зәҳәрлеўге қаратылған ғалабалық мәденияттың түрли үлгилери пайда болмақта. Олар өзлериниң ғәрезли нийетлери жолында жәмийет ушын керексиз болған унамсыз иллетлерди пайда етип, жаслар санасына сиңдирип бармақта. Бул сыяқлы унамсыз иллетлерге қарсы иммнитетти қәлиплестириўде саламат турмыс тәризин кеңнен ен жайдырыўда халықтың кең қатламы, әсиресе, жаслар арасында бундай иллетлерден аўлақ болыўда турақлы үгит-нәситя жумысларын алып барыўмыз зәрүр. Әйне сонда ғана жәмийетте ҳәм шанарақта саламат орталықты тәмийинлеген боламыз.

Семинар сораў-жуўап тәризинде даўам етип, студентлер өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўап алды.  

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler