Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенатының Жаслар, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитети баслығы, сенатор Бахтиёр Сайфуллаев республикамызға болған сапары даўамында Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалда мийманда болды.

Дәслеп, сенатор Б.Сайфуллаев Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 28-декабрдеги «2021-2023 жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм ислеп шығарыў инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына тийкар филиалда жаңадан қурылып атырған 300 орынлы жатақхананың қурылыс жумыслары менен танысты.


Буннан соң, мийман профессор-окытыўшылар менен ушырасып, елимизде әмелге асырылып атырған түпкиликли реформалар, мәденият ҳәм көркем өнер тараўын раўажландырыў бағдарында алып барылып атырған жумысларды айрықша атап өтти. Сондай-ақ, 2022-жыл 2-февраль сәнесинде Президентимиз тәрепинен қабыл етилген «Мәденият ҳәм көркем өнер тараўын буннан былай да раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының мазмун-әҳмийети, жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат шеңберинде әмелге асырылып атырған жумысларға да тоқтап өтти.


Өз ара пикир алысыўлар тәризинде өткен ушырасыў қатнасыўшыларда айрықша тәсир қалдырды.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Қ.Турдыев қатнасты.
ӨзМКӨМИ Нөкис филиалы баспасөз хызмети.
![]()