ШАҢАРАҚ-ЖӘМИЙЕТ РАЎАЖЛАНЫЎЫНЫҢ ТИЙКАРЫ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 14.05.2022

15-май Халықаралық шаңарақ күни

Шаңарақлар татыўлығы ҳәм беккемлигине ерисиў мақсетинде БМШ Бас Ассамблеясы 1993-жыл 20-сентябрьдеги жыйналысында 15-майды ҳәр жылы «Халық­аралық шаңарақ күни» ретинде белгилеў ҳаққында қарар қабыл етти. Соннан берли пүткил дүньяда, соның ишинде елимизде де «Халықаралық шаңарақ күни» кең түрде белгиленип келинеди.

Шаңарақ мәмлекет ишиндеги киши мәмлекет, жәмийеттиң тийкарғы буўыны есапланады. Сәне мүнәсибети менен Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында ушырасыў болып өтти.

Илажды Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша директор мәсләҳәтшиси О.Қдырниязова алып барды. Онда Нөкис қаласы ҳәкимлиги шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими тәрепинен өткериген таңлаўда «Жаңа Өзбекстанның үлгили шанарағы» номинациясы бойынша жеңимпазы «Техноген ҳәм драматургия көркем өнери» кафедрасы баслығы, пайтахтымыздағы 37-санлы «Жуўазшы» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Караматдин Заретдинов шығып сөйлеп, жәмийетте шаңарақтың тутқан орны, шаңарақта саламат орталықты жаратыў, ата-анаға болған ҳәрмет-иззет, бала тәрбиясы, жас шаңарақларға туўры жол көрсетиўдей үлгили ислерди әмелге асырса сол шаңарақ жәмийетте оз орнына ийе болатуғынлығын атап өтти.

Буннан басқа да илаж даўамында жасларға шаңарақ бул үлкен тәрбия ошағы екенлиги, шаңарақ қурыўдың жуўапкершилиги ҳаққында да түсиник берип өтилди.  

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...