ШАРИЯР ХАЛЫҚАРАЛЫҚ ТАҢЛАЎ ЖЕҢИМПАЗЫ БОЛДЫ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 05.05.2022

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы «Музыкалы театр актёрлығы» тәлим бағдары 2-курс студенти Шарияр Орынбаев усы жыл 25-апрель күни Қазақстанның Нур-Султан қаласында өткерилген «World talants» Халықаралық көп жанрлы таңлаўында «Эстрада вокал» номинациясы бойынша «Гран-при» дипломы жеңимпазы болды.

Ш.Орынбаевты таңлаўға ылайықлы таярлағаны ушын «Халық дөретиўшилиги» кафедрасы оқытыўшысы Марияш Тажиғалиева да шөлкемелстириў комитетиниң «Миннетдаршылық хаты» менен сыйлықланды.    

Жеңипаз ийелерин жәмәәт атынан қызғын қутлықлап, алдағы дөретиўшилик жумысларында табылсар тилеймиз.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler