Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында «8-март Халықаралық ҳаял-қызлар күни» мүнәсибети менен «Дәўир қызлары» атамасында таңлаў болып өтти.
Илажда Ҳаял-қызлар кеңеси баслығы О.Қдырниязова шығып сөйлеп, жыйналғанларды жақынласып киятырған 8-март Халықаралық ҳаял-қызлар күни менен қызғын қутлықлады ҳәм таңлаў қатнасыўшыларына әўмет тиледи.
Бес шәрттен ибарт болған таңлаўда қатнасыўшылар қарсыласлары менен өзлериниң епшиллигин, шаққанлығы бойынша беллесип, төрешилер тәрепинен баҳаланып барылды.

Таңлаў шәртлерине бола «Китапхана ҳәм хабар искерлиги» тәлим бағдары 1-курс студенти Д.Нурекеева «Ең үлгили қыз», Мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелерин шөлкемлестириў ҳәм басқарыў тәлим бағдары 1-курс студенти И.Пердебаева «Ең шаққан қыз», «Драмалық театр режиссёрлығы» тәлим бағдары 1-курс студенти Г.Мәмбетназарова «Ең зийрек қыз», сондай-ақ, «Музыкалы театр актёрлығы» тәлим бағдары 1-курс студени М.Жумамуратовалар «Ең шебер қыз» номинациялары бойынша жеңимпаз болды.




Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды. Илаж соңында студент-жаслар тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы койып берилди.


Филиал баспасөз хызмети.
![]()