Сөз мүлкиниң султаны Әлишер Наўайының туўылғанына 582 жыл толыўы мүнәсибети менен елимиздиң барлық орынларында әдебий кешелер ҳәм руўхый-ағартыўшылық илажлар өткерилмекте.

Сәне мүнәсибети менен Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында да руўхый-ағартыўшылық илажы шөлкемлестирилди. Оған профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Илажда Жаслар мәселелери, руўхый-ағартыўшылқ ислер бойынша директор орынбасары А.Өтепбергенов ҳәм Социал-гуманитар пәнлер кафедрасы оқытыўшысы (PhD) А.Прекеева шығып сөйлеп, Әлишер Наўайының өмир жолы, бизге мийрас етип қалдырған бай әдебий дөретпелери, оның шығармаларының жаслар тәрбиясында тутқан орны, сондай-ақ, Ә.Наўайының шығармалары тек ғана елимизде емес, дүньяның раўажланған мәмлекетлери тилине де аўдармаланғаны ҳаққында мағлыўмат берип өтти.



Илаж соңында студент-жаслар А.Наўайы шығармаларынан үзиндилер оқып, сахналық шығармалар қойып берди.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()