Өзбекстан мәмекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында жаслар арасында саламат турмыс тәризин кеңнен ен жайдырыў ҳәм спорттың ғалабалығына ерисиўде түрли спорт жарыслары шөлкемлестирилип келинбекте.
Бүгин филиалда студент-жаслар арасында спорттың футбол түри бойынша «Министр кубогы» болып өтти. Жәми алты команда қатнасқан жарыс өз ара қызғын беллесиўлерге бай болды. Онда «Драма театр режиссёрлығы» тәлим бағдары студентлери биринши орынды ийелеп, кубог жеңимпазы болды. Сондай-ақ, «Музыкалы театр режиссёрлығы» тәлим бағдары студентлери екинши, «Эстрада ҳәм ғалабалық тамашалар режиссёрлығы» тәлим бағдары студентелри болса үшинши орынды алыўға миясар болды.
Жаслар арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў ҳәм олардың спортқа болған қызығыўшылығын арттырыўда бундай илажлардың шөлкемлестирилиўи оғада әҳмиетли есапланады.
Жарыс жуўмағында жеңимпазлар медал ҳәм диплом менен сыйлықланды.





Филиал баспасөз хызмети.
![]()