«Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўы (КВН) ХХ әсирдиң 60-жыллары телевидениеде пайда болған ҳәм қысқа ўақыт ишинде оқыў орынлары ҳәм мәденият сарайларында шөлкемлестириле баслаған. Бул таңлаў ҳәзирги ўақытта да студент-жаслардың сүйикли таңлаўы болып, ол мектеп, лицей ҳәм колледж оқыўшылары арасында да кең тарқалған.

«Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўы студент-жаслардың руўхый жақтан жетик, бәркамал, билимли, жетик қәниге болып жетилисиўлери ҳәм олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў сыяқлы ислерди әмелге асырады. Сондай-ақ, таңлаўда қатнасатуғын командалардың мақсет ҳәм ўазыйпалары оқыў орынлары жасларының қызығыўшылығын арттырыған ҳалда қызықлы бағдарламалар таярлаў ҳәм кең жәмийетшиликке усыныў, жаслар машқалаларын юмор ҳәм сатирик жанрлар арқалы көрсетип бериў, жаслардың түрли темалар бойынша тез пикир жүритиўге бағдарлаў, соның менен бирге, жаслардың кеўилли дем алыўлары ушын қызықлы бағдарламалар менен шығыўлар шөлкемлестирип, олардың бул тараўдағы қәбилетлерин арттырыў болып табылады.

Усы жылдың 17-февраль Ѳзбекстан мәмлекетлик кѳркем ѳнер ҳәм мәденият институты Нѳкис филиалында «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўы болып өтти. Оған филиал студент-жаслар қурамынан дүзилген 5 команда қатнасты.


Жаслардың тапқырлығы, қуўнақлығы, саҳналық шеберлигин сыннан өткериў ушын шөлкемлестирилген таңлаўда 1-курс Музикалы театр актёрлығы тәлим бағдарының «Шөгирме» командасы биринши, 2-курс Фольклор-этнография тәлим бағдарының «Күйдирги қызлар» командасы екинши, ал, 1-курс Мәденият мәкемелерин шөлкемлестириў ҳәм басқарыў тәлим бағдарының «5 жулдыз» командасы үшинши орын жеңимпазлығын қолға киргизди.





Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен кубок ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()