СТУДЕНТЛЕРДИҢ АТА-АНАЛАРЫ МЕНЕН УШЫРАСЫЎ ӨТКЕРИЛДИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 01.04.2022

Бүгин Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында студент-жаслардың ата-аналары менен ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўда Филиал директоры А.Аяпов шығып сөйлеп, бүгинги күнде жоқары билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған реформалар, оқыйман деген жаслар ушын жаратылған шараятлар, филиалдың ишки тәртип-қағыйдалары, сондай-ақ, студент-жаслардың жетискенликлерин айрықша атап өтти.

Буннан соң, директор мәсләҳәтшиси Қ.Якубов, Ҳаял-қызлар кеңеси баслығы О.Кдырниязова ҳәм басқа да профессор-оқытыўшылар шығып сөйлеп, жаслар тәлим-тәрбиясы, оларды Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, сөйлеў әдеби, кийиниў мәдениятына итибар қаратыў кереклиги бойынша түсиник берип өтти.

Ушырасыў даўамында ата-аналар да шығып сөйлеп, перзентлерине илим-билим сырларын үйретип атырған устазларына өзлериниң шексиз миннетдаршылықларын билдирди.

Илаж соңында оқыўда ҳәм жәмийетлик жумысларда белсенди болған студентлердиң ата-аналарына миннетдаршылық билдирилип, профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Қ.Турдиев қатнасты.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...