Бүгин Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында 2022-2023-оқыў жылында қабыл етилген студентелерге “Студентлик гүўалығын” тапсырыў мәресимине бағышланып, “Студентлик дәўир” атамасында илаж болып өтти. Оған жәмийетлик шөлкем ўәкиллери, профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар қатнасты.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Қ.Турдиев, Филиал директоры А.Аяповлар шығып сөйлеп, жыйналғанларды Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 31 жыллық байрамы, жаңа оқыў жылының басланыўы, сондай-ақ, студент болыў бахтына миясар болған жасларды қутлықлап, “Студентлик гүўалығын” тапсырды.



Илажда атап өтилгениндей, студент болыў бахтына ерисиў өз өзинен болмайды. Оған күшли билим, талант ийеси болыў талап етиледи. Мине усы сынақлардан табыслы өтип студент болғаныңыз биринши гезекте ата-аналарыңыз, қалаберсе билим берген устазларыңыз ушын үлкен мақтаныш есапланады. Буннан былай жақсы оқып билим алып, устазлар исенимин ақлап жоқары жетискенликлерге ерисебериўиңизге, келешекте қарақалпақ көркем өнер ҳәм мәдениятының раўажланыўында, оның дүнья бойлап танылыўында мүнәсип үлес қосатуғын талант ийелери болып жетилисиўлериңизге исенемиз.
– 2022-жыл мен ушын әўметли жыл болды. Себеби, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының “Қосық ҳәм ойын” тәлим бағдарына мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабыл етилдим. Ата-анама, устазларыма шексиз миннетдарман. Алдағы ўақытлары устазларымыздан билим ҳәм илим сырларын терең меңгерип, үлкен нәтийжелерге ерисиўди мақсет еткенмен, – дейди Фереде Қурбанова.
Сондай-ақ, илажда Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик Ғәрезсизлигине ерискенине 31 жыл толыўы мүнәсибети менен Ташкент ҳәм Нөкис қалаларында “Жаӊа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз” атамасында өткерилген салтанатлы байрам илажына таярлық көриў ҳәм оны жоқары дәрежеде өткериўдеги хызметлери ушын филиалдың бир қатар профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслар Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги ҳәмде Филиал администратсиясы тәрепинен “Алғыснама” менен сыйлықланады.









Илаж филиал студент-жаслары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.






Филиал баспасөз хызмети.
![]()