ПСИХОЛОГ СТУДЕНТЛЕР МЕНЕН СӘЎБЕТЛЕСТИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 18.02.2022

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институти Нөкис филиалында «Кино-телеоператорлык» тәлим бағдары 1-курс студент-жасларының қатнасыўында филиал психологы тәрепинен «Инсанның өзине болған исенимин арттырыў» атамасында тренинг шөлкемлестирилди.

Тренингде филиал психологы А.Юсупова студентлерге адамзат турмысында ушырасатуғын ҳәр қандай қыйыншылық ҳәм машқалалы жағдайларда түскинликке түспеў, оны жеңип өтиўде нелерге әҳмийет қаратыў кереклиги бойынша түсиник берип өтти.

Бунда студент-жаслардың өзлерине болған исеним, ҳүрмет арқалы алға қойылған мақсетлерине ерисиў мүмкинлиги, сондай-ақ, жәмийетте өз орнын таба алатуғынлығы, егерде адам қандайда бир мағлыўматтың ҳақыйқатлығына шын кеўилден исенсе, ол сондай ҳәрекет етип баслайды, нәтийжеде мағлыўматлар өмирде өзиниң тастыйығын табады.

Адамның исеними унамлы ойлар, позитив дүньяқарас, ең тийкарғысы өзиңе болған мухаббат ҳәм исенимге тийкарланған да ғана бахытты жаратады. Адам өмиринде түрли машқалалы жағдайлар ушырасыўы мүмкин. Бул ўақытта көпшилик адамлар түскинлик ҳалатына түсип қалады. Ең тийкарғысы бул ҳалатқа түспеў, егер түсип қалған болсаң оннан шығыўға ҳәрекет етиў керек. Себеби, түскинлик ҳалатында адам машқаласына бирден шешим таба алмайды. Бунда бириншиден, өзиңе исеним яғный, өзиңде машқаланы шешиўге ҳәмме ўақытта имканият болады. Екиншиден, қәтержамлық ҳалатына ерисиў, себеби, адам кеўли тоқ болса ғана онда машқаласын шешиў ушын күш пайда болады. Үшиншиден, излениў егер адам изленсе оған жәрдем беретуғын адамлар табылады. Адам шешим қабыл еткен ўақтында өз имканиятларын есапқа алыўы лазым.

Соны айрықша атап өтиўимиз тийис, турмыста қәтелесиўлер ушырасады. Бунда өзиңизди яки басқаны айыплаў шәрт емес. Өмириңизде болып атырған жағдайлар жақсылыққа деп, оннан сабақ алыўды үйренсеңиз өмир буннан да гөззал болып бара береди.

Сәўбетлесиў даўамында “Өзиниң психологиялық жағдайларын баҳалаў” тренинг де өткерилди.

Ушырасыў соңында студент-жаслар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

А.Юсупова,

Филиал психологы.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...