Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында быйылғы окыў жылында сырткы бөлимге қабыл етилген студент-жаслар ушын бир ҳәптелик танысыў сабақлары болып өтпекте.
Бүгин филиал директоры, филолоия илимлериниң кандидаты А.Аяпов сырткы бөлим студентлери менен ушырасты ҳәм жасларды студент болыў бахтына ерискени менен кутлықлап, келешекте мәденият ҳәм көркем өнер тараўының раўажланыўына мүнәсип үлес қосатуғын маман қәнигелер болып жетилисиўине тилеклеслик билдирди.


Илажда атап өтилгениндей, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында 2020-2021-окыў жылынан баслап сыртқы бөлим ашылды. Дәслепики ашылған жылы 100 студент қабыл етилген болса, бүгинги күнге келип жәми 587 студент билим алмақта. Сондай-ақ, Президентимиздиң көркем өнер ҳәм мәденият тараўына болған айрықша итибары нәтийжесинде ҳәр бир қала ҳәм районлардан 5 жастан Қарақалпакстан Республикасынан 85 жас, Хорезим ўәлаятынан 65 жас жеңиликли тийкарда окыўға қабыл етилип, олардың шәртнама төлемлери қала ҳәм район ҳәкимликлери тәрепинен төлеп берилмекте. Әлбетте, бул имканиятлар елимизде жасларға қаратылған айрықша итибар ҳәм ғамқорлықтың айқын көриниси болып табылады.

Буннан басқа да ушырасыўда шығып сөлеўшилер тәрепинен филиал ишки тәртип қағыйдалары, сөйлеў ҳәм кийиниў мәденияты, жәмийетте өзин тута билиўи, қарым-қатнас, сабақ барысында оқытыўшы менен қандай мүнәсибетте болыў кереклиги бойынша түсиник берип өтти.
Г.Жартыбаева,
С.Шамуратова,
ҚМУ Интернет журналистикасы 4-курс студентлери.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()