СЫРТҚЫ ТӘЛИМ БАҒДАРЫ СТУДЕНТЛЕРИНИҢ ЕСАП КОНЦЕРТИ ӨТКЕРИЛДИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 28.04.2023

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы Сыртқы бөлим 2-курс қосық ҳәм ойын тәлим бағдары студентлери тәрепинен үшинши семестр жуўмағы бойынша есап концерти шөлкемлестирилди.

Мағлыўмат ушын атап өтеўимиз тийис, филиалда сыртқы тәлим бағдары 2020-2021-оқыў жылында ашылып, бүгинги күнде 589 студент билим алмақта. Сондай-ақ, Президентмиздиң көркем өнер ҳәм мәденият тараўына қаратқан айрықша итибары нәтийжесинде жеңилликли тийкарда Қарақалпақстан Республикасы қала ҳәм районларының мәденият ҳәм көркем өнер тараўында жумыс алып барып атырған 85 жас, Хорезм ўәлаятынан 65 жас Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалына тест имтиханларысыз қабыл етилип, бүгинги күнде 3-курста билим алмақта.

Сыртқы тәлим бағдар студент-жаслары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы ҳәм сахналық көринислер жыйналғанларда айрықша тәсир қалдырды.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...