Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында тәлим-тәрбия ҳәм әдеп-икрамлылық жумысларын жетилистириў мәселелерине бағышланған ушырасыў болып өтти.

Илажда филиал директорынң мәсләҳәтшиси Қ.Якубов, Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислер бойынша директор орынбасары А.Өтепбергенов ҳәм Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша директор мәләҳәтшиси О.Қдырниязовалар шығып сөйлеп, елимизде жасларға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде әмелге асырылып атырған реформалар, бул бағдардағы илажларда жаслардың белсендилигин арттырыў, бүгинги мәлимлеме коммуникация технологиялар раўажланған дәўирде интернет ҳәм социаллық тармақлардан ақылға уғрас пайдаланыў, ғалабалық мәденияттың түрли тәсирлеринен аўлақ болыў кереклиги атап өтилди.


Сондай-ақ, илажда филиал ишки тәртип қағыйдалары, сөйлеў ҳәм кийиниў мәденияты, жәмийетте өзин тута билиўи, қарым-қатнас, сабақ барысында оқытыўшы менен қандай мүнәсибетте болыў кереклиги бойынша түсиник берип өтти.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()