Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында “Бабаларымыздың бай мийрасы ҳәм миллий қәдирятларымызға тийкарланған күшли мәнаўиятқа таянамыз” атамасында дослық фестивалы өткерилди. Оған жәмийетлик шөлкем ўәкиллери, профессор-окытыўшылар ҳәм студент-жаслар ҳәм ғалаба хабар куралларының хызметкерлери қатнасты.
Дәслеп, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.
Илажды Филиал директоры А.Аяпов кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды. Онда Қарақалпакстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Г.Айымбетова, Нөкис қаласы «Нураный қоры» баслығы К.Каландаров, Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңеси депутаты Ы.Қуттымуратова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимизде халқымыздың татыў ҳәм абадан турмыс кешириўинде миллетлераралық татыўлық, дослықты беккемлеў бағдарында көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғанлығын айрықша атап өтти.







Илажда атап өтилгениндей бүгинги күнде елимизде 130 дан аслам ҳәр қыйлы миллет ўәкиллери татыў ҳәм аўызбиршиликте жасап, мийнет етип, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерине ҳүрмет пенен қарап, ҳәр бир миллетке тийисли байрамларды кең түрде белгилеўге айрықша итибар қаратылғанлығы, бул бағдарда мәмлекетимизде түрли миллет ўәкиллериниң өз ана тили, көркем өнер ҳәм мәденияты, миллий қәдириятларын раўажландырыўда 150 ге шамалас мәдений орайлар нәтийжели жумыс алып бармақта. Ҳәзир күнде республикамызда рус, украин, қазақ ҳәм түркмен миллий мәдений орайлары менен корейслер ассоциациясының жумысы жолға қойылған. Көп миллетли халқымыз бир мақсет, бир идея жолында бирлесип, елимизди раўажландырыў жолында мийнет етпекте.






Әлбетте, бул илажлардың бәршеси елимиздиң гүллеп раўажланыўы, халқымыздың аўызбиршиликте татыў турмыс кешириўинде хызмет етеди деп ойлаймыз. Илажда филиал профессор-окытыўшылары ҳәм студент-жаслар тәрепинен туўысқан халықлардың миллий қосық ҳәм аяқ ойынлар атқарылып, жыйналғанларға өзгеше заўық бағышлады.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()