Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты «Эстрада ҳәм ғалабалық тамашалар» кафедрасы профессоры, педагогика илимлери бойынша философия докторы (PhD) Ж.Маматқасимов, «Сахна сөзи» кафедрасы доценти Р.Қодиров ҳәм «Фольклор көркем өнери» кафедрасы окытыўшысы С.Ерматовалар Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында мийманда болды.

Дәслеп мийманлар филиал директоры А.Аяповтың қабыллаўында болды. Ушырасыўда елимизде жасларды музыка, әдебият, театр ҳәм көркем өнерге бағдарлаў бағдарындағы жумыслар, сондай-ақ, тараўда әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында атап өтилди.


Буннан соң мийманлар мәлимлеме ресурс орайы менен танысып, өзлериниң авторлығындағы оқыўлықларын саўға етти.



Ҳәзирги ўақытта профессор-оқытыўшылар «Режиссура ҳәм актёр шеберлиги» ҳәм «Халық дөретиўшилиги» кафедрасы студент-жасларының билимин жетилистириўде шеберлик сабақларын өтпекте.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()