Бүгин Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында таза оқыў жылы алдынан Август айы кеңесиниң мәжилиси болып өтти. Оған филиал администрация хызметкерлери, кафедра баслықлары ҳәм профессор-оқытыўшылар катнасты.
Мәжилисти Филиал директори А.Аяпов басқарып барды ҳәм күн тәртибиндеги мәселелерди таныстырып өтти.



Дәслеп филиал директоры А.Аяпов бәршени Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз үш жыллық байрамы менен қызғын кутлықлады. Буннан соң мәжилисте таза оқыў жылына таярлықлар көриў ҳәм оқыў процесин сапалы шөлкемлестириў мәселелери, атқарыў тәртибинде ҳүжжетлердиң орынланыўы, «Бир болсақ – бир халықпыз, бирлессек – Ўатанбыз!» сүрени тийкарында ғәрезсизлик сабақларын шөлкемлестириў, 2024-2025-оқыў жылы ушын оқыў саатларын, 1-курс бакалавр күндизги, сыртқы ҳәм магистратура қәнигеликлери ушын үлги ҳәм исши оқыў режелерин тастыйықлаў, кафедра ҳәм бөлимлердиң жыллық режелерин тастыйықлаў мәселелери, сондай-ақ, гүз-қыс мәўсимине таярлық жумыслары бойынша шығып сөйлеўшилердиң баянатлары тыңланды.




Филиал баспасөз хызмети.
![]()