ТЕАТР ҲӘМ КИНО КӨРКЕМ-ӨНЕРИНДЕ ЗАМАНАГӨЙЛИК

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 20.04.2022

Республикалық илимий-әмелий конференция

Бүгин Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы “Режиссура ҳәм актёр шеберлиги” кафедрасы тәрепинен “Театр ҳәм кино кѳркем-ѳнеринде заманагѳйлик (жетискенлик ҳәм машқалалар)” атамасында  республикалық илимий-әмелий конференция шөлкемлестирилди. Оған филиал профессор-оқытыўшылары, тараў ўәкиллери ҳәм жас изертлеўшилер қатнасты.

Конференцияны филиал директоры, филилогия илимлериниң кандидаты А.Аяпов кирис сөз бенен ашты ҳәм әнжуманның жоқары дәрежеде өтиўине тилеклеслик билдирди.

Бунан соң, “Режиссура ҳәм актёр шеберлиги” кафедрасы профессоры, Өзбекстан халық артисти, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Н.Аңсатбаев “Театр мәденият ошағы”, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты доценти Г.Халликулова “Сахна сөзин оқытыў методологиясын үйрениўдиң актуаллығы”, Филиал Көкркем өнертаныў факультети деканы, доцент Г.Ходжаметова “Хоровое пение как средство музыкального воспиания личности”, “Техноген ҳәм драматургия көркем өнери” кафедрасы доценти Ж.Хожанов “Режиссёр театр келбети” атамаларында баянат жасады.

Конференцияда атап өтилгениндей соңғы жыллары елимизде мәденият ҳәм көркем өнер тараўын еле де раўажландырыў, халқымыздың мәдений дәрежесин ҳәм халыққа мәдений хызмет көрсетиўдиң нәтийжелилигин арттырыў, көркем өнерге қызығыўшы талантлы жасларымызды қоллап-қуўатлаў бағдарында көлемли жумыслар алып барылмақта. Сондай-ақ, мәденият ҳәм көркем өнер соның ишинде театр, кино өнерин раўажландырыў, оларды жаңа басқышқа көтериў бағдарында да  түпкиликли реформалар әмелге асырылмақта.

Бүгинги конференцияда тараўда әмлеге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилиги, олардың әҳмийети, сондай-ақ, жәмийетте тутқан орны илимий көз қарастан талқыланды.

Конференция секцияларға бөлинген ҳалда даўам етпекте.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler