МЕКТЕП ОҚЫЎШЫЛАРЫНА ТЕАТР ӨНЕРИ БОЙЫНША ШЕБЕРЛИК САБАҒЫ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛДИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 16.02.2023

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы «Режиссура ҳәм актёр шеберлиги» кафедрасы аға оқытыўшысы Н.Примбетова Шымбай районындағы 24-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби оқыўшылары менен ушырасып, оларға шеберлик сабағын өтти.

Шеберлик сабағында оқыўшыларға қарақалпақстанда театрдың пайда болыўы, сонын менен бирге, қуўыршақ театрының балалар турмысында тутқан орны, актерлардың шеберлиги, сахна  ҳәрекети, сахнада турыў, сөйлеў, ҳәр қыйлы ҳәрекетлер, актёрлардың шеберлик пенен атқарыў тәртиби ҳаққында кең түсиник берилди. Сондай-ақ, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик музыкалы  академиялық театры ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театры ҳаккында мағлыўмат берип, бул тетарлардың айырмашылығы, актёрлардың  роллерге кирип ойнауы, ҳәр бир көриниске таярлық жумысларын алып барыўда режессурдың  мийнетлери ҳәм актёрлардың ҳәрекетлери ҳаққында мағлыўмат берди. 

Шеберлик сабағы сораў жуўаплар менен даўам етти.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler