Бүгин Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында «Тумар» ансамбли жәмәәти шөлкемлестириўинда концерт бағдарламасы болып өтти.
Дәслеп филиал директоры, филология илимлериниң кандидаты А.Аяпов ҳәм усы ансаблдиң көркемлик жақтан басшысы Е.Халмуратовлар шығып сөйлеп, жаслар тәлим-тәрбиясында көркем өнердиң әҳмийети, сондай-ақ, «Тумар» ансамбли жәмәәтиниң елимиздиң Ғәрезсизлик, Наўрыз байрамлары ҳәм басқа да илажларда өзлериниң концерт бағдарламалары менен қатнасып, жақсы нәтийжелерге ерисип киятырғанын айрықша атап өтти.


Мағлыўмат ушын айтып өтиўимиз тийис, студент-жаслардың мәденият ҳәм көркем өнерге болған қызығыўшылығын арттырыў, оларға қарақалпақ, өзбек ҳәм басқа да халықлардың миллий ойын үлгилерин кеңнен үйретиўде филиалда 2018-жылы «Тумар» ансамбли шөлкемлестирилди. Қәбилетли жаслар қурамынан дүзилген ансамбль жәмәәти елимиздиң коплеген байрам илажларында белсене қатнасып, халқымыздың жүрек төринен орын алып келмекте.
Концерт бағдарламасы қатнасыўшыларға өзгеше заўық бағышлады.














Илаж соңында ансамбль жәмәәти филиал директоры А.Аяпов тәрепинен Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.



Филиал баспасөз хызмети.
Г.Жартыбаеваның түсирген сүўретлери.
![]()