«ТУМАР» ТАШКЕНТТЕ НАЎРЫЗ БАЙРАМЫНДА ҚАТНАСАДЫ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 01.03.2022

Жаңаланыў ҳәм жасарыў әййямы бол­ған Наў­рызды халқымыз күн менен түнниң теңлесиўи, тәбияттың ояныўы сыпатында бул байрамды кең түрде белгилеп келмекте.

2022-жыл 17-февраль сәнесинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң  «2022-жылғы Наўрыз улыўмахалықлық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Қарар менен  Наўрыз улыўмахалықлық байрамы мәмлекетимизде «Ассалам, Наўрыз – жаңаланыў, мийрим-шәпәәт ҳәм қәдир-қымбат байрамы!» деген баслы идея тийкарында улыўмахалықлық сейиллер тәризинде көтериңки руўхта ҳәм жоқары дәрежеде өткерилиўи нәзерде тутылған.

Қарарға тийкар елимиздиң барлық орынларында Наўрыз улыўмахалықлық байрам илажларына таярлық көриў ҳәм оны жоқары руўхта өткериў бойынша жумыслар баслап жиберилди.

Бүгин Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер хәм мәденият институты  Нөкис филиалының «Тумар» ансамбли Наўрыз улыўмахалықлық байрам илажында өзлериниң концерт бағдарламасы менен қатнасыў ушын дөретиӯши топар ағзалары менен биргеликте Ташкент қаласына жол алды.  

Нөкис темир жол вокзалында Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер хәм мәденият институты Нөкис филиалы директоры А.Аяпов ҳәм басқа да тараў ўәкиллери Наўрыз байрамының жоқары дәрежеде өтиўинде өзлериниң үлеслерин қосыўда Ташкент қаласына жол алған  жаслар менен ушырасып, оларға ҳақ жол тиледи.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...