
Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында жәмийетлик шөлкем ўәкиллериниң қатнасыўында илаж болып өтти. Оған профессор-оқытыўшылар, бөлим хызметкерлери менен тьютор қәнигелери қатнасты.
Онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелери комитети баслығының орынбасары Батыр Матмуратов ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик университети Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими кафедрасы доценти Жубатхан Сағындиковлар шығып сөйлеп, соңғы жыллары Президентмиздиң басшылығында елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, жаңаланыўлардың барлығы халқымыздың абадан турмысы ушын исленип атырғанлығын айрықша атап өтти.
Сондай-ақ, Президентмиздиң Қарақалпақстан Республикасына қаратып атырған айрықша итибары, әсиресе, жаслар ушын жаратылған жеңилликлер ҳаққында толық мағлыўмат берип өтти.
Илаж қатнасыўшылары өзлериниң қызықтырған сораўлары бойынша қәнигелерге мүрәжат етип, тийисли жуўап алды.




Филиал баспасөз хызмети.
![]()