УЛЛЫ БАБАМЫЗ АБУ РАЙХАН  БЕРУНИЙ 1050 ЖАСТА

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 09.02.2023

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында уллы ойшыл Абу Райхан  Берунийдиң 1050 жыллық юбилейине арналған руўхый-ағартыўшылық илажы болып өтти. Оған профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Илажда Социал-гуманитар пәнлер кафедрасы оқытыўшысы (PhD) А.Прекеева Абу Райхан  Берунийдиң өмир жолы, бизге мийрас етип қалдырған илим жолындағы мийнетлери, уллы бабамыздың аты неше әсирлерден берли қәлбимизде жасап киятырғаны, оның илим тараўына байланыслы шығармалары елеге шекем жергиликли ҳәм сырт ел алымлар тәрепинен үйренилип атырғанлығы ҳаққында мағлыўмат берип өтти.

Ушырасыў соңында студент-жаслар тәрепиен Беруний дөретиўшилигине байланыслы сахналық шығармалар қойып берилди.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler