ИЙС ГАЗЫ ҲӘМ ӨРТЛЕРДИҢ АЛДЫН АЛЫЎ БОЙЫНША ТҮСИНИК БЕРДИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 12.10.2024

Гүз-қыс мәўсиминиң басланыўы менен жылытыў үскенелерине зәрүрлик сезиледи. Жылытыў үскенелеине болған мүтәжликлеримизди қанаатландырыўда олардың сазлығына айрықша итибар қаратыў талап етиледи. Бул бағдарадғы жумысларды үгит-нәсиятлаў мақсетинде бүгин Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында Нөкис қалалық айрықша жағдайлар бөлими ҳәм басқа да тийисли уйым хызметкерлериниң катанасыўында илаж болып өтти.

Ушырасыўды филиал директоры А.Аяпов алып барды. Онда Нөкис қаласы ҳәкимлиги қәнигеси А.Мухаммедшерипов ҳәм Нөкис қалалық айрықша жағдайлар бөлими баслығы, подполковник Ж.Жубанышовлар шығып сөйлеп, ҳәр бир пуқара гүз-қыс мәўсими басланыўы менен өзлериниң жасап атырған турақ жайларын көзден өткерип, қазанхана морыларының сазлығы, газ ҳәм электр үскенелеринен пайдаланғанда техникалық қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиў кереклги бойынша түсиник берип өтти.

Илажда атап өтилгениндей, ыс газ ҳәм электр үскенелери менен байланыслы болған кеўилсиз жағдайлардың алдын алыўда газ үскенесинен имарат ишин ысытыў ҳәм оның үстине кийимлерди қурытыў ҳәм плитаны қараўсыз қалдырыўға жол қоймаў талап етиледи. Буннан басқа да газ ийиси шығып турған жерди шырпы жағып тексериў мүмкин емес. Газ баллонларды ысытыўшы үскенелер жанында қалдырмаў лазым. Егерде имарат ишинде газ ийиси сезилсе, айна ҳәм қапыларды ашыў, көшеге шығыў ҳәм 104 яки 1054 қутқарыў хызметине қоңыраў етиў керек. Бундай жағдайларда свет, от жағыў, электр үскенелерин иске қосыў қадаған етиледи.

Сондай-ақ, газ ийисин сезгенде газ плиталары ҳәм ысытыў печлерин газ тармағынан өшириў, есик ҳәм айналарды ашыў, ханаларды самаллатыў, ханадаға электр үскенеелерин қоспаў яки жанып қалған болса өширмеў талап етиледи. Себеби, бул өрт яки газ-ҳаўа араласпасының шағылысыўына алып келиўи мүмкинлиги атап өтилди.

Әлбетте,  усы атап өтилген қағыйдаларға әмел етсек ыс гази ҳәм өртлердиң келип шығыўының алдын алған боламыз.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...