ЫС ГАЗИНЕН ЗӘҲӘРЛЕНИЎДИҢ АЛДЫН АЛЫЎ БОЙЫНША ТҮСИНДИРИЎ ЖУМЫСЛАРЫ АЛЫП БАРЫЛМАҚТА

Avtor: Gulsara Jartibaeva
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 01.12.2021

Гүз-қыс мәўсиминиң басланыўы менен мәмлекетимиздиң түри аймақларында ыс газинен зәҳәрлениў менен байланыслы жағдайлар ушырасады. Бундай кеўилсиз жағдайлардың көпшилиги көмир, тәбийий газ ҳәм басқа да жаныўшы затлардың толық жанбаўы себебинен жүзеге келмекте. Усындай кеўилсиз жағдайлардыңалдын алыўда Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы Тъютор қәнигелери ҳәм Айрықша жағдайлар басқармасы хызметкерелри менен биргеликте крейде турыўшы студентлер арасында ыс газиниң алдын алыў ҳәм ыс гази пайда болғанда қандай әмеллерди қолланыў кереклиги бойынша үгит-насият жумыслары алып барылмақта.

Өткерилген илажда қәнигелер тәрепинен газ үскенесинен имарат ишин ысытыў ҳәм оның үстине кийимлерди қурытыў ҳәм плитаны қараўсыз қалдырыўға жол қоймаў, газ ийиси шығып турған жерди шырпы жағып тексериў мүмкин емеслиги, егерде имарат ишинде газ ийиси сезилсе, айна ҳәм қапыларды ашыў, көшеге шығыў ҳәм 104 яки 1054 қутқарыў хызметине қоңыраў етиў кереклиги ҳәм бундай жағдайларда свет, от жағыў, электр үскенелерин иске қосыў қадаған етилетуғынлығы түсиндирилмекте.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...