
Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында уллы мәмлекетлик ғайраткер, энциклопедист алым, шайыр Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың 540 жыллық юбилейине бағышланған әдебий кеше болып өтти. Оған Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги әскерий бөлим хызметкерлери ҳәм стдент-жаслар қатнасты.
Илажда «Социал гуманитар пәнлер» кафедрасы оқытыўшысы А.Прекеева Бабурдың өмири ҳәм дөретиўшилиги, келешек әўладларға қалдырған мийраслары ҳаққында кең түрде тоқтап отти.
Илажда студент-жаслар таярланған сахналық көринислер, ғәззел-рубайы ҳәм қосықлар атқарылып, кешеге айрықша заўық бағышлады.
Филиал баспасөз хызмети
![]()