Өзбекстан мәмлекетлик көркем онер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында «8-март Халықаралық ҳаял-қызлар күни» мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.

Илажда Филиал директоры А.Аяпов ҳәм профессор Н.Аңсатбаевлар шығып сөйлеп, жыйналғанларды жасарыў ҳәм жаңаланыў паслының дәслепки байрамы менен қызғын қутлықлап, мәмлекетимизде ҳаял-қызларға қаратылып атырған итибар ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў бағдарында жүргизилип атырған жумысларды айрықша атап өтти.
Ҳақыйқатында да жәмийетимиздиң қайсы бир тараўын алып қарамайық, онда пидайы мийнет етип атырған ҳаял-қызларымыз мәмлекетимиздиӊ раўажланыўы жолында мүнәсип үлес қосып келмекте. Бүгинги күнде филиалда жасларға илим-билим сырларын үйретип атырған профессор-оқытыўшылардың 43 процентин ҳаял-қызлар қурайды. Олар арасынан 4 илим кандидаты, 7 доцент ҳәм 7 профессор, соның менен бирге, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артистлери, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына хызмет көрсеткен артист, Қарақалпақстан халық бақсылары жасларға теориялық ҳәм әмелий билимлерин берип келмкете.
Соны айрықша атап өтиўимиз керек, кейинги жыллары студент қызларымыз арасынан Президент стипендиянты, И.Каримов, Т.Қайыпбергенов, И.Юсупов атындағы мәмлекетлик стеипендия жеңимпазларының жетилисип шығыўы жәмәәтимиз ушын үлкен мақтаныш саналады. Қуўанарлысы бул жетискенликке ерискен қызларымыз магистратура бөлимлерине тийисли бағдар бойынша тест сынақларысыз мәмлекетлик грант тийкарында қабыл етилиўи Ҳүрметли Президентимиздиң жасларға, әсиресе ҳаял-қызларға болған итибарының айқын көриниси есапланады.











Сондай-ақ, илаж даўамында филиал психологы А.Юсупова, «Социал-гуманитар пәнлер» кафедрасы оқытыўшысы А.Утепбергенова ҳәм Хожалық бөлими хызметкери Г.Бердековаларға көп жыллық нәтийжели мийнети ҳәм өз хызмет ўазыйпасына болған садықлығы ушын Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң «Ҳүрмет жарлықлары» тапсырылды.
Илаж сонында жәмәәт ҳая-қызларына байрам саўғалары тапсырылып, концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Дәмир Даўылбаев,
Сахна ҳәм экран көркем өнери драматургиясы тәлим бағдарының 2-курс студенти.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()