ЖАҢА ОҚЫЎ ЖЫЛЫНА ТАЯРЛЫҚ ЖУМЫСЛАРЫНЫҢ БАРЫСЫ ҮЙРЕНИЛМЕКТЕ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 22.08.2022

Оқыў жылының басланыўынада аз ўақыт қалды. Ҳәзирги ўақытта барлық билимлендириў мәкемелеринде таза оқыў жылының басланыўы алдынан таярлық жумыслары алып барылмақта.

Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлигиниң «Мәденият министрлиги системасындағы билимлендириў мәкемелериниң 2022-2023-оқыў жылына таярлық ҳалатын үйрениў ҳаққында»ғы буйрығына тийкар таза оқыў жылына таярлық барысын үйрениўде министрлик тәрепинен дүзилген исши топар ағзалары филиалда болды.

Дәслеп исши топар ағзалары Филиал директоры А.Аяповтың қабыллаўында болып, оқыў жылын сапалы шөлкемлестириўде аудиториялардың сазлығы, оларды жаңа инвентарь ҳәм оқыў лаборатория үскенелери менен тәмийинлеў ҳәм оқыў режелерди тастыйықлаў мәселелери бойынша пикир алысты.

Буннан соң исши топар ағзалары филиалда жаңадан қурылып атырған 300 орынлы жатақхана имаратының қурылыс жумыслары менен танысты.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler