Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында жаңа оқыў жылына таярлықлар көриў мәселелерине бағышланған илаж болып өтти. Оған филиал админстрация хызметкерлери ҳәм кафедра баслықлары қатнасты.

Илажда филиал директоры А.Аяпов таза оқыў жылына таярлықлар көриў, аудитория, оқыў лаборатория ханаларын, сондай-ақ, компютер классларын жаңа оқыў жылына таярлаў кереклигин атап өтти. Сондай-ақ, филиал ишки тәртип қағыйдаларына әмел етиў, жаслар тәлим тәрбиясына итибарлы болыў, социал тармақлардағы ҳәр қыйлы бузғыншы идеялардан аўлақ болыў кереклиги бойынша да тоқтап өтти.

Буннан соң директор мәсләҳәтшиси Қ.Якубов шығып сөйлеп, социаллық тармақлардан нәтийжели пайдаланыў, социал тармақлардағы ҳәр қыйлы бузғыншы идеялар тәсиринен сақланыў, бул бойынша турақлы үгит-нәсият жумысларын алып барыў кереклиги бойынша өзиниң пикир-усынысларын билдирди.

Мәжилис соңында 2022-2023 оқыў жылына пуқта таярлықлар көриў бойынша ўазыйпалар белгиленип алынды.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()