ЖАҢА РЕДАКЦИЯДАҒЫ КОНСТИТУЦИЯНЫҢ МАЗМУН-ӘҲМИЙЕТИ ТҮСИНДИРИЛДИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 12.04.2023

Бәршемизге мәлим, усы жыл 30-апрель күни «Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳақкында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамы жойбары бойынша референдум өткериледи. Усы мүнәсибет пенен елимиздиң барлық орынларда үгит-нәсият илажлары өткерилмекте.

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында жаңа редакциядағы Конституцияның мазмун-әҳмийетин түсиндириў мақсетинде үгит-нәсият илажы өткерилди.

Илажды филиал директоры А.Аяпов ашты ҳәм жыйналғанларға жаңа редакциядағы Конституция халқымыздың пәраўан турмысы ушын хызмет етиўи, ең баслысы инсан қәдир-қымбатын буннан былай да улуғлаўға қаратылғанлығы менен әҳмийетли екенлигин айрықша атап өтти.

Буннан соң, Ташкент мәмлекетлик экономика университети ректоры, Техника илимлериниң докторы, профессор Қоңыратбай Шарипов жаңа редакциядағы Конституцияның мазмун-әҳмийети ҳәм оған киргизилген өзгерис ҳәм қосымшаларға айрықша тоқтап өтти. Сондай-ақ, илаж даўамында Тийкарғы нызамымыздың инсан мәпи ушын хызмет етиўи ҳәм бунда ҳәр бир пуқара өткерилежақ референдумда бийпарық болмастан белсене қатнасыў кереклигин түсиндирип өтти.

Мағлыўмат ушын атап өтиўимиз тийис, жаңаланған конституция жойбарына 27 жаңа статья киргизилип, ол 6 бөлим, 27 бап, 155 статьяны қурамақта.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler