ЖАҢА РЕДАКЦИЯДАҒЫ КОНСТИТУЦИЯНЫҢ МАЗМУН-ӘҲМИЙЕТИ ТҮСИНДИРИЛДИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 25.03.2023

Конституция жойбары

Бәршемизге мәлим, усы жыл 30-апрель күни «Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳақкында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамы жойбары бойынша референдум өткериледи. Усы мүнәсибет пенен елимиздиң барлық орынларда үгит-нәсият илажлары өткерилмекте.

Бүгин Конституциялық комиссия тәрепинен жаңа редакциядағы Конституцияның мазмун-әҳмийетин түсиндириў мақсетинде зоом платформасы арқалы семинар өткерилди.

Оған елимиздеги барлық жокары оқыў орынларының админицтрация хызметкерлери менен профессор-окытыўшылары қатнасты.   

Дәслеп, филиал директоры А.Аяпов жыйналғанларға жаңа редакциядағы Конституция халқымыздың пәраўан турмысы ушын хызмет етиўи, ең баслысы инсан қәдир-қымбатын буннан былай да улуғлаўға қаратылғанлығы менен әҳмийетли екенлигин айрықша атап өтти.

Сондай-ақ, семанарда Конституциялық комиссияның ўәкиллери зоом платформасы арқалы жаңа редакциядағы Конституцияның мазмун-әҳмийети ҳәм оған киргизилген өзгерис ҳәм қосымшалар пуқаралардан келип түскен пикир-усыныслар тийкарында әмелге асырылғаны атап өтилди.  

Мағлыўмат ушын атап өтиўимиз тийис, жаңаланған конституция жойбарына 27 жаңа статья киргизилип, ол 6 бөлим, 27 бап, 155 статьяны қурамақта.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler