ЖАҢА СИСТЕМАНЫҢ ӘҲМИЙЕТИ ТҮСИНДИРИЛМЕКТЕ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 15.01.2022

2021-2022-оқыў жылынан баслап мәмлекетимиздеги барлық жоқары оқыў орынлары кредит-модуль системасына өткерилди. Бул бойынша өткен жылы 6-10-декабрь күнлери аралығында Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен жоқары окыў орынлары басшы ҳәм педагог кадрлары ушын кредит-модул системасы бойынша билимин жетилистириўде арнаўлы курс шөлкемлестирилди. Онда мәмлекетимиздеги жоқары оқыў орынлары жуўапкер хызметкерлери менен бирге Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы Оқыў бөлим баслығы Б.Турдыев ҳәм «Көркем өнертаныў» факультети оқыў ислер бойынша декан орынбасары Ы.Хожановлар Ташкент каласында Халықаралық Вестминистр университети ҳәм Ташкент мәмлекетлик юридика университетлеринде кредит-модул системасы бойынша тәжирийбе алмасып қайтқан еди.

Жаңадан енгизилип атырған бул системаның әҳмийети ҳәм әмелиятта қолланыў усылы ҳаққында Өзбекстан мәмлекетилик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында студент-жаслар ҳәм профессор-оқытыўшылардың қатнасында түсиндириў жумыслары алып барылмақта.

Жаңа системаның турмысқа енгизилиўинде дүньяның көплген мәмлекетлеринде әмелиятта қолланылып киятырған ECTS (European Credit Transfer System) системасы әмелиятта қолланылмақта. Әлбетте, бул усыл студент-жасларға билим бериўде халықаралық стандартлар усылында  оқытыўда әҳмийетли саналады.

   Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...