ЖАС ДӨРЕТИЎШИЛЕРГЕ ЖОЙБАРЛАР ҮСТИНДЕ ИСЛЕЎ БОЙЫНША ТҮСИНИКЛЕР БЕРИЛДИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 07.04.2022

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында Жас дөретиўшилерди қоллап-қуўатлаў орайы қәнигелериниң қатнасыўында ушырасыў болып өтти.

 Илажды Филиал директоры А.Аяпов басқарып барды. Онда Жас дөретиўшилерди қоллап-қуўатлаў орайының Дөретиўшилик жумысларды шөлкемлестириў бөлими баслығы А.Ҳошимов, усы орайдың бас қәнигеси А.Мырзажанов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигиниң Билимлендириў бойынша бөлим баслығы П.Аўезмуратовлар шығып сөйлеп, орайдың бүгинги күндеги хызмети ҳаққында кең мағлыўмат берип өтти.

Илаж даўамында қәнигелер тәрепинен жас дөретиўшилерди қоллап-қуўатлаўда продюсерлик жумысы менен шуғылланыў, ғалаба хабар қураллары ҳәм социал тармақлар ушын аудио-визуал ҳәмде мултимедиа өнимлерин таярлаў, мәденият ҳәм көркем өнер тараўында өзине тән креатив жойбарларды әмелге асырыў бойынша көрсетпелер берилди.

Илаж соңында студент-жаслар өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler