Усы жыл 3-февраль күни Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында сыртқы бөлим студент-жасларының қатнасыўында «Биз жаслар нәшебентликке қарсымыз» атамасында ушырасыў болып өтти.
Илажда филиал директорынң мәсләҳәтшиси Қ.Якубов, Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислер бойынша директор орынбасары А.Өтепбергенов ҳәм Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша директор мәләҳәтшиси О.Қдырниязовалар шығып сөйлеп, нәшебентликтиң унамсыз ақыбетлери ҳәм оның инсан саламатлығына кери тәсир көрсетиўши иллет екенлиги ҳаққында айрықша тоқтап өтти.

Ушырасыўда атап өтилгениндей, инсан организми нәшебентлик затларды қабыл еткеннен кейин оған үйренип қалыўы тәбийғый жағдай. Ол АИЖС, гепатит, туберкулёз сыяқлы кеселликлерди келтирип шығарады. Статистикалық мағлыматларға қарағанда нәшебентлик затларды қабыллаған ҳәр бир адам бир жыл даўамында орташа жети, сегиз адамды өзиниң қатарына қосады екен. Сонлықтан жасларды жәмийетимизге жат болған қәўиплерден қорғаў, ана Ўатанға ҳүрмет ҳәм миллий қәдириятлар руўхында тәрбиялаў баслы ўазыйпалардан саналады. Бул бағдарда жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўге қаратылған үгит-нәсият илажларын турақлы түрде алып барыўыўмыз тийис.


Илаж соңында жасларды сергекликке шақырыўшы «Биз жаслар нәшебентликке қарсымыз» атлы ҳүжжетли фильм қойып берилди.


Филиал баспасөз хызмети.
![]()