ЖАСЛАР СИЯСАТЫ ӘМЕЛДЕ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 25.02.2022

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында билим алып атырған 6 стденттиң шәртнама төлемлери Өзбекстан Жаслар ислери агентлиги тәрепинен төлеп берилгени ҳаққында хабар берген едик.

Бүгин Жаслар орайында усы шәртнама пуллары төлеп берилген студент-жаслар менен ушырасыў шөлкемлестирилди. Илажда А.Садуллаев жаслардың көркем өнерге болған қызығыўшылығын арттырыў, имканиятларын жүзеге шығарыўда оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлап барыў кереклиги бойынша пикир-усынысларын билдирди.   

Соңынан Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы студент-жаслары қурамынан дүзилген «Big dance shou» клубы ағзаларына шәртнама пуллары төленгенлиги ҳаққындағы сертификат тапсырылды.

Өз гезегинде филиал директоры А.Аяпов Өзбекстан Жаслар ислери агентлиги тәрепинен алты студенттиң шәртнама пуллары төлеп берилгени ушын өзиниң шексиз миннетдаршылығын билдирип, А.Садуллаевты филиал жәмәәти атынан Алғыснама менен сыйлықлады.

Әлбетте, бул илажлар елимизде жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың қәбилетлерин жүзеге шығарыў бағдарында алып барылып атырған жумыслардың әмелий көриниси болып табылады.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler